Жаңа салық кодекси ҳəм ҒХҚ ўəкиллери

23.01.2020 21:57:53 1679 Баспаға шығарыў

Бүгин Нөкис қаласы Жаслар орайы мәжлислер залында  Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик Салық басқармасы менен биргеликте 2019-жыл даўамында алып барылған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар, сондай-ақ, Салық нызамшылығындағы жаңа өзгерислер темасында баспасөз конференциясы болып өтти.

Баспасөз конференциясында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳəм Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик Салық басқармасы, тийисли тараў басшылары жəне  Республикалық Ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Хабарыңыз бар, 2019-жыл 30-декабрь сәнесинде “Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы қабылланып Салық Кодекси жаңа редакцияда қабыл етилди.

Баспасөз конференцияда тийсли қәнигелер тәрепинен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамның мазмун-мәниси, жаңа редакция тийкарында артықша төленген салықларды қайтарып алыў тәртиби, исбилерменлик субьектлери ушын тексериў түрлери, физикалық шахслар ушын жаңа өзгерислер, арнаўлы салық режимлериниң бийкар етилиўи ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Пресс-конфереция даўамында Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери тараўға тийсли сораўларына жуўаплар алды.

Қарақапақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети

23.01.2020 21:57:53 1680