9-январь күни Кегейли районы 11-санлы музика ҳәм кѳркем-ѳнер мектебинде «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы болып ѳтти. Ушырасыўға район ҳәкими, Халық қабыллаўханасының Кегейли районлық бѳлими баслығы ҳәм сектор басшылары, мәкеме ҳәм кәрхана басшылары, жаслар қатнасты.
Ушырасыўда район ҳәкими бүгинги күнде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жасларға бағдарланған мәмлекетлик сиясат тийкарында кең түсиниклер берди. Буннан соң жаслар мүрәжетлери тыңланып, тийислилиги бойынша тараў басшыларына орынлаў бойынша тапсырмалар берилди.
2019-жылда билимлендириў, спорт ҳәм басқа да тараўларда жетискенликлерге ерискен жасларға Район Ҳәкимлигиниң «Ҳүрмет жарлықлары» тапсырылды.
Район Ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети