БЕС БАСЛАМА-БЕС ИМКАНИЯТ

23.01.2020 21:33:30 1792 Баспаға шығарыў

Жаслар руўхый дүньясын арттырыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шѳлкемлестириў бойынша 5 әҳмийетли баслама тийкарында 14-санлы мектепте жаслар арасында китапқумарлық, мәденият, кѳркем-ѳнер, физикалық тәрбия ҳәм спортқа кең қамтып алыў, компьютер технологияларынан пайдаланыў кѳнликпелерин арттырыў, ҳаял-қызлардың мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў ушын тигиў-трикотож комплекслерин шѳлкемлестириў сыяқлы әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылып атыр.

Тадбир даўамында оқыўшы жаслар арасында «Қәбилетли жаслар, ел мақтанышы» атамасында концерт бағдарламасы болып ѳтти.

Тәдбир соңында мектеп директоры Р.Турданова сѳзге шығып жаслардың музыка, сүўрет салыў, әдебият, театр ҳәм кѳркем-ѳнердиң басқа түрлерине қызығыўшылығын арттырыў, халықтың кең кѳлемин спортқа тартыў арқалы ҳәм талантлы жасларды жүзеге шығарыў иләжлары еледе болып атырғанлығын айтып ѳтти.

Жарыс жеӊимпазлары ҳәм тәдбирге белсене қатнасқанларға шѳлкемлестриўшилер тәрепинен таярланған «Ҳүрмет жарлықлары» ҳәм баҳалы  саўғалар тапсырылды.

Кегейли районы 14-санлы улыўма
билим бериў мектеби муғаллими
У.Жаңабаева

23.01.2020 21:33:30 1793