ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ БИРИНШИ СЕССИЯСЫ ХАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

23.01.2020 21:29:07 2098 Баспаға шығарыў

2020-жыл 16-январьда Кегейли районы ҳәкимлиги мәжлислер залында халық депутатлары Кегейли районлық кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.  Сессияда Қарақалпақстан Республикасы  Жоқарғы Кеңеси баслығы Муса Тәжетдинович Ерниязов, ҳәкимликтиң жуўапкер хызметкерлери, ҳәкимлик бөлимлери, ҳуқуқ-қорғаў уйымлары, жәмийетлик шөлкемлер баслықлары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияны Кегейли районы сайлаў комиссиясы баслығы Убайдуллаев Қуўанышбай Дарибаевич ашып берди. Сессияны басқарыў ушын «Б.Айназаров» сайлаў округинен сайланған депутат Утегенов Узақбай Қазақбаевич алып барылыўы усыныс етилди. Усыныс депутатлар тәрепинен мақулланды. Сессия мәжлисине кирисиўден алдын Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасының гимнлери жаңлады. Депутатлар сессиясының Секретариятын сайлады ҳәм  күн тәртибин  тастыйықлады. Регламентке муўапық сессия күн тәртибинде 6 мәселе көрип шығылды. Дәслепки мәселе бойынша Кегейли районы сайлаў комиссиясының баслығы Убайдуллаев Қуўанышбай Дәрибаевичтиң халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 2019-жылы 22-декабрь күни болып өткен  сайлаўдың нәтийжелери бойынша мәлимлемеси тыңланды. Атап өтилгениндей Қарақалпақстан Республикасы «Сайлаў ҳаққында»ғы нызамына муўапық өткен жылы өткерилген сайлаўлар, елимиз турмысында демократиялық мәмлекет, ашық пуқаралық жәмийет қурыў жолындағы және бир әҳмийетли қәдемлерден бири болды.

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине сайлаў 22 округ бойынша, 37 сайлаў участкасында өткерилди. Болып өткен сайлаўларда дизимге киргизилген 39170 сайлаўшыдан 91,1 пайызы қатнасты. Сайлаў нәтийжесинде усынылған 110 талабаннан 22 талабан Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары етип сайланды. Сайлаў жуўмағы бойынша Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан 6 депутат, Өзбекстан «Миллий тикланиш» партиясынан 5 депутат, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан 5 депутат, Өзбекстан «Халық демократиялық партиясы»нан 4 депутат, Өзбекстан Экологиялық партиясынан 2 депутат сайланды. Сайланған депутатлардың барлығы  жоқары мағлыўматлы болып, жасы бойынша 30-40 жас аралығында 7 депутат, 40-50 жас аралығында 8 депутат ҳәм 50 жастан жоқарылары 7 депутат. Сайланған депутатлардан ҳаял-қызлар 7 депутат яғный 32 пайызды қурайды.

Күн тәртибиндеги екинши, яғный Халық депутатлары Кегейли Районлық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы  комиссиялары туўралы Режени тастыйықлаў ҳаққындағы, үшинши Халык депутатлары Кегейли Районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў ҳаққындағы, төртинши  Халық депутатлары Кегейли районлық кеңесиниң турақлы комиссияларын дүзиў ҳаққында, бесинши Кегейли районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққында, алтыншы Қарақалпақстан Республикасы  Жоқарғы Кеңеси, Район ҳәм қала Кеңеслери Қоспа мәжлиси Мәслаҳат Кеңесине Кегейли районы Кеңесинен талабан усыныў ҳаққында. Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы Муса Тәжетдинович Ерниязов Кегейли районы ҳәкимин тайынлаў хаққында бийликти оқып еситтирди ҳәм әмелдеги район ҳәкими Муратбай Абдиров Кегейли районы ҳәкими етип сайланды. Соң район хәкими  халықтың, ҳүкиметимиздиң, Президентимиздиң билдирген беккем исенимин ақлаў ушын аянбай мийнет ететуғынлығын билдирди.

Соңғы мәселе, яғный Қаракалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық хәм қалалық Кеңеслери Қоспа мәжлиси Мәсләҳәт кеңесине Кегейли районлық Кеңесинен 18-Қазаяқлы сайлаў округинен  депутат Аннақулов Халмурза Сәрсенбаевич талабанлығы тастыйыкланды. Усының менен халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

23.01.2020 21:29:07 2099