2020-жыл 13-январь күни Кегейли районы Мәденият бѳлиминде 14-январь «Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы кушлериниӊ шөлкемлестирилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам кешеси болып өтти.
Бул салтанатлы мәжлиске тийисли тараў ўәкиллери менен жаслар қатнасты. Салтанатлы мәжлисте сѳзге шыққанлар ана ўатанымыздыӊ қәўипсизлигин тәмийинлеў, халқымыздыӊ тынышлығын қорғаўға бел байлаған мәртебели кәсип ийелериниӊ мүнәсип хызметлерин тилге алып, оларды байрам менен қызғын қутлықлады. Елимиз перзентлери Ўатанға садықлық еӊ уллы мәртлик екенлигин тереӊнен түсинип, армия қатарында хызмет етиўди айрықша ҳәўес етпекте.
Байрам мүнәсибети менен бир қатар тараў ўәкиллери район ҳәкимлигиниң «Ҳүрмет жарлығы» менен хошеметленди.
Байрам кешеси районлық Мәденият бөлими ҳәм мектеп оқыўшылары, мектепке шекемги билимлендириў шѳкемлери тәрбияланыўшыларының концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети