Қурылыс тараўында әмелге асырылған жумыслар бойынша ашық сәўбет ɵткерилди

15.12.2024 17:17:04 37 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлигинде районда қурылыс тараўында әмелге асырылған жумыслар бойынша ашық сәўбет ɵткерилди. Онда, 2024-жыл даўамында районда Президентимиздиң арнаўлы қарары менен улыўма баҳасы 2 млрд 274 млн сўм болған “Қумшунгил” АПЖ аймағындағы ЭКОС суў курылмасы имаратын реконструкциялаў,  “Жузим бағ” АПЖ аймагынан  жаӊадан қурылысы режелестирилген смета баҳасы 4500,0 млн.сум болган 90 орынлық Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын курыў жумыслары,  “Гүжим терек” МПЖ аймағындағы “Халкабад” поликлиника имаратын 1 млрд 500 млн есабынан капитал оӊлаў жумыслары, “Гужим терек” МПЖ аймагында улыўма баҳасы 13 млрд 500 млн сўм болған жаӊадан 330 орынлық мектеп имаратын қурыў жумыслары, “Бахытлы” МПЖ аймағындағы 420 орынлык 19-санлы орта мектеп имаратын реконструкциялаў ҳәм “Жүзим бағ” АПЖ аймағындағы 180 орынлық 40-санлы орта мектеп имаратын  реконструкциялаў жумысларының алып барылыўы бул быйылғы жылыда Кегейли үлкен қурылыс майданына айланып, халқымыз, перзентлеримиз ушын жақсы шараятлар жаратылып атырғанлығынан дерек беретуғынлығы айрықша атап ɵтилди.

Сондай-ақ, арнаўлы қарарларға муўапык 2024-жылда жәми 45,0 км ишки жоллар ҳәм көшелерге ЩПС қапламасын жаткызып оӊлау жумысларын алып барыу режелестирилген болып, бугинги кунге 45,0 км ишки жоллар ҳам көшелер ЩПС капламасы жаткызылып оӊланды. Буннан тысқары, районымызды социал-экономикалық жақтан рауажландырыў ушын бириктирилген Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен бүгинги күнге шекем 300 ден зыят социаллық қорғаўға мүтәж хожалықлардың турақ жайларының шиферланып берилгенлиги атап ɵтилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

 

 

15.12.2024 17:17:04 38