Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, аймақтағы ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери, жаслар жетекшилери, мәкеме, кархана, шөлкемлер баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессия күн тәртибинде:
Кегейли районында 2024-2025-жылларда таңлап алынған ең-аўыр мәҳәллелерде әмелге асырылатуғын жумыслардың барысы ҳаққында.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Кегейли ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары А.Алламбергенов Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрьдеги “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-330-санлы қарары белгигенген ўазыйпалар ҳаққында тоқталып өтти.
Буннан тысқары сессия күн тәртибинде Кегейли районының 2025-жылғы жергиликли бюджетин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе қарап бойынша Кегейли районы Экономика ҳәм финанс бөлими баслығы Ш.Караматдинов 2025-жылда Кегейли районы бюджети дәраматлары 31 млрд. 996 млн. 166 мыӊ сум муғдарында режелестирилип атырғанлығын атап өтти.
Сондай-ақ, күн тәртибинде Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен “Ҳаяллар дәптери” тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында, Кегейли районы ҳаял-қызлар бөлими қəнигеси З.Қосетова мәлимлеме берди.
Буннан тысқары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының
2024-жыл 4-декабрьдеги 37-Б ҳәмде 38-Б-санлы бийликлери ҳақкындағы мәселелер қарап шығылып тийкарынан Алламбергенов Анвар Ахмадиевичты Кегейли районы ҳәкиминиң финанс–экономика ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары-экономика ҳәм финанс бөлими баслығы лаўазымына ҳамде Тилеулесов Арысланбек Ауезовичты Кегейли районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымларына тастыйықланды.
Сессия жуўмағы бойынша барлық мәселелер қарап шығылып бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.