ХАЛЫҚ ДЕПУТА ТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ ҮШИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

12.12.2024 12:22:23 80 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары,  пуқаралар жыйынлары баслықлары, аймақтағы ҳәким жәрдемшилери, мәкеме, кархана, шөлкемлер баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М. Утемуратов районлық халық қабыллаўханасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 03-декабрь күнги ПП-29-санлы Парманы ҳәм ПҚ-31-санлы қарар талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, талапқа муўапық мәҳалледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартырыў бойынша мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң искерлигин үйрениў мақсетинде, Президент Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханасына 2024-жылдыӊ 11 айы даўамында исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын кредит ҳәм субсидия ажратыў, имәрат қурыў ҳәм егин егиў ушын жер майданларын ажратыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, ҳәким жәрдемшисиниң ўәкиллигине тийисли болған мүрәжатлар ҳәм олардың шешими бойынша мониторинг өткерилгенлигин атап өтти.

Буннан тысқары сессия күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2024-жыл 7-ноябрдеги кеңейттирилген тəризде өткерилген видеоселектор мəжилисиниң 48-санлы протоколының
14-бəнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тəмийинлеў мақсетинде Кегейли  районында суў ресурсларын нəтийжели басқарыў, суўдың сарыпланыў муғдарын кемейтиў ҳəм суў тежеўши технологияларды енгизиў мəселелери ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.

Сессия жуўмағы бойынша барлық мәселелер қарап шығылып бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

12.12.2024 12:22:23 81