Районлык статистика бөлими 2024 жылдың 1 октябрь жағдайына көре, демографик көрсеткишлерге тийисли мағлыўматларды хабар қылады.
Бунда, районымыздың турақлы халық саны 75,2 мың болса,
соннан 36,6 мыңы ҳəйел қызлар, ерлер саны бираз көбирек 38,6 мыңды қурайды.
Соның менен бирге, қалалық жерлерде жасаўшылар саны 30,5 мыңға жеткен болса, аўыллық жерлерде жасаўшылар саны 44,7 мыңды қурайды.
Төмендеги сəйкес дəўир менен айырым демографик көрсеткишлер келтирилген;
- туўылыў саны – 1109 ди;
- өлимшилик саны – 349 ди;
- турмыс қурыўшылар саны – 373 ти;
- ажырасқанлар саны – 47 ди;
- көшип келгенлер саны – 322 ни;
- көшип кеткенлер саны – 663 ти қурайды.