“Мәҳәлле жетилиги” системасында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм күтилип атырған нәтийжелер бойынша баспасɵз конференциясы ɵткерилди

10.10.2024 16:34:26 57 Баспаға шығарыў

Кегейли районы Жаслар орайы имаратында “Мәҳәлле жетилиги” системасында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм күтилип атырған нәтийжелер бойынша баспасɵз конференциясы ɵткерилди.

Онда райондағы 16 мәҳәлледе искерлигин алып барып атырған мәҳәлле жетилиги тәрепинен бүгинги күнге шекем әмелге асырылып атырған ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелер бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди. Әсиресе, аймақларда кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменликти раўажландырыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша сɵз етилди. Баспасɵз конференциясы даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ɵзлерин қызықтырған сораўларына жуўапкерлерден толық жуўаплар алды.

10.10.2024 16:34:26 58