ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ ТОҚСАН СЕГИЗИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

12.10.2024 09:58:38 123 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

Кегейли районы “Ақтуба” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Жаңа Өзбекстан» массивинен ипотека кредити тийкарында турақ жай сатып алыўды қәлеўши пуқараларға туўрыдан туўры субсидия ажыратылыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында Кегейли районы ҳәкими орынбасары А.Төремуратовтың усынысы тыңланды.

Сондай-ақ, сессияда Кегейли районы аймақларының ҳəкимшилик-аймақлық бирликлер шегараларын белгилеў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Бул мәселе бойынша Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Кегейли районы филиалы баслығы Д.Рустемов усынысы тыңланды.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

12.10.2024 09:58:38 124