Кегейли районы ҳәкими А.Камалов басшылығында район ҳәкимлигинде халықтың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша ашық сәўбетлесиў болып ɵтти. Онда атап ɵтилиўинше, ɵткен ўақыт аралығында ҳәкимликке пуқаралардан жәми 231 мүрәжат келип түскен болып, соннан, 101 мүрәжат қанаатландырылды.
Ал, 116 мүрәжатқа ҳуқықый түсиниклер берилип, 14 мүрәжат бойынша үйрениў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, район ҳәкимлигине виртуал қабыллаўхана арқалы жәми 123 мүрәжат келип түскен.
Келип түскен мүрәжатлар тийисли тәртипте үйренилип, ҳеш бир мүрәжат итибардан шетте қалмай, унамлы шешим табыў илажлары кɵрилмекте. Сондай-ақ, ашық сәўбетлесиў даўамында алдағы ўақытларда да пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатларды ɵз мүддетлеринде үйренип шығыў ўазыйпалары белгиленип алынды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети