Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында”ғы 52-санлы қарарына тийкар, Кегейли районында жәми 924 дизимге алынып, соннан 920 жайдың төбесин шиферлаў ҳәм 4 жайды жаңадан курып бериў белгиленген.
Бул әмелий жумыслар ушын, Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен 13,2 млрд сўм қаржы ажыратылыўы белгиленген болып, бүгинги күнде райондағы 16 мәҳәлледе 300 ге жақын турақ жайлардың төбеси щиферланып, 2 үй жаңадан алып берилди. Шиферлаў жумыслары мәҳәллелерде қызғын даўам етпекте.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети