Социаллық тармақлардың биринде жәрияланған Кегейли районы Жалпақ жап АПЖ да жасаўшы пуқара Исакова Гулханның мүрәжаты бойынша тɵмендегилерди мәлим етемиз.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 6.09.2022-жылғы «Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинленгенлик дәрежесин еле де жақсылаў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы 500-санлы қарары тийкарында 2023-жылда Кегейли районында жәми 35 км аралықтағы ишки жолларды ШПС жолларға ɵткериў белгиленип алынған.
Сондай-ақ, бул әмелий жумыслардың даўамы ретинде Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен 2024-жыл ушын қосымша ислеп шығылған мәнзилли реже тийкарында, мүрәжатшы атап ɵткен мәнзилдеги топырақ жолға ШПС тɵсеў ушын дизимге алынғанын мәлим етемиз. Әмелдеги жумыслар басқышпа-басқыш алып барылады.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial