ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ ТОҚСАН ЖЕТИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

17.09.2024 12:13:15 90 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, мәкеме, кәрхана басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

Кегейли районын 2024 жыл II-ярым жыллығында экономикалық раўажландырыў, инвестицияларды тартыў,  халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын асырыў ҳәмде 2025 жылға тийкар жаратыў бойынша                      ис-илажлар бағдарламасы ҳақкында район ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары А.Алламбергеновтың мәлимлемеси тыңланды.

Буннан тысқары басламалы бюджет процессиниң 2024 жыл екинши мәўсиминде жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм даўыс бериў жуўмағы менен “жеңимпаз” деп табылған жойбарларды анықлаў ҳәм оларды бюджет қаржылары есабынан қаржыландырыў ҳаққында районлық экономика ҳәм финанс бөлими баслығы Ш.Караматдиновтың мәлимлемеси тыңланды.

Сондай-ақ, сессияда Кегейли районында суўдан пайдаланыўшылар кесиминде вегетация дәўиринде аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў ушын суў алыў лимитлерине өзгерислер киритиў ҳәмде 2024-2025 жыллардың гүз-қыс дәўиринде аўыл жожалығы егинлерин суўғарыў ҳәм шор жуўыў ушын суў алыў лимитлерин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

17.09.2024 12:13:15 91