Социаллық тармақлардың биринде Кегейли районы Мәденият МПЖ аймағындағы кɵп қабатлы турақ жайларды оңлаў бойынша жәрияланған пуқара мүрәжаты бойынша Кегейли районы ҳәкимлиги тɵмендегилерди мәлим етеди.
«2012-жыл «Беккем шаңарақ жылы» деп жәрияланыўы мүнәсибети менен Кегейли районы ҳәкимлиги есабындағы Кегейли посёлкасы Кегейли гүзары кɵшесинде жайласқан кɵп қабатлы турақ жайды пуқаралардың меншигине бийпул бериў ҳаққында»ғы Кегейли районы ҳәкиминиң 2012-жыл 25-февралдағы шешимине тийкар, бул кɵп қабатлы турақ жай, райондағы үй-жайға мүтәж болған 19 пуқараға ɵз қаржылары есабынан қайта реконструкциялап алыў шәрти менен бийпул берилген.
Турақ жай ийелери ɵзлерине берилген кадастр ҳүжжетлеринде белгиленген жер майданларынан тысқары ɵз басымшалық пенен қосымша имаратлар тиклегенлеги себепли, республикалық Үй-жай инспекциясы тәрепинен ɵзбасымшалық пенен қурылған имаратларды бузыў бойынша ескертиў хатлары берилип, бузылған имаратлардың орнын турақ жай ийелери тәрепинен қайта оңлап қойыў миннетлемеси жүклетилген.
Бирақ, бүгинги күнге шекем пуқаралар тәрепинен бузылған қосымша имаратлардың шығындыларын алып таслаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмаған. Сондай-ақ, үйрениўлер даўамында ширкетке усы кɵп қабатлы турақ жайда жасаўшы пуқаралардың 1 млн сўм муғдарында қарыздарлығы бар екенлиги анықланды.
Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен қысқа ўақыт аралығында атап ɵтилген кɵп қабатлы турақ жайды қайта оңлаў илажларын кɵретуғынлығын мәлим етемиз.
Усы орында усы турақ жайда жасаўшы пуқараларымыздан мәмлекеттиң ғамхорлығы менен бийпул берилген турақ жайды, яғный, бүгинги күндеги ɵзлериниң мүлкин асырап-абайлап, оның тазалығына, абаданластырылыўына итибарлы болыўын сорап қаламыз.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial