ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ ТОҚСАН ТӨРТИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.
Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары жуўаплы хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессия күн тәртибинде:
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги депутатлық орынлар санын белгилеў ҳаққында ҳəм Кегейли районлық сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлар усыныў ҳаққында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Суд-ҳуқық мəселелери ҳəм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясы баслығы Махмуд Аймуратовтың баянаты тыңланды. Баянатшы күн тəртибиндеги мəселе бойынша Өзбекстан Республикасы Сайлаў Кодексиниң 88-статьясына тийкар Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги депутатлық орынлары саны район халқы санынан келип шықкан ҳалда, нәўбеттеги шақырықтан баслап 20 етип белгилеўди усыныс етти. Усыныс депутатлар тəрепинен мақулланды.
Буннан сон, сессияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Мамангелди Утемуратовтың мәлимлемеси тыңланды. Мəлимлемеде 2024-жыл 7 айы даўамында даўамында Президент почтасы, көшпели қабыллаўлар, секторлардың көшпели қабыллаўлары, исеним телефонлар, веб сайт арқалы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасына жәми 449 мүрәжат келип түскен, соннан 283 мүрәжат ийеси толық қанаатландырылған, 63 мәселеге ҳуқуқый түсиниклер берилген, 54 мәселеге тийкарлы түсиниклер берилилип, ҳәзирде 43 мәселе пуқараның мүрәжааты үйрениў барысында екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, сессия күн тəртбинде “Кегейли районы аймағынан «Мениң бағым» жойбарын әмелге асырыў ҳәм шөлкемлестириў илажлары ҳаққында Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Ибрайым Давлетмуратов баянат жасады. Ол өз баянатында Кегейли районы “Ийшан қала” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 8770қ контурда жайласқан 1 гектар жер майданына “Мениң бағым”ды шөлкемлестириў ушын жер майданды тастыйықлап бериўди усыныс етти.
Сессия даўамында, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими баслығының 2024-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслары туўралы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими баслығы Тимур Кудайбергенов мағлыўмат берди.
Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети