Жол қурылысы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар атамасында баспасɵз конференциясы ɵткерилди

31.07.2024 15:49:39 174 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлигинде «Жол қурылысы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар» атамасында баспасɵз конференциясы ɵткерилди. Оған, ҒХҚ ўәкиллери ҳәм тараў басшылары қатнасты. Баспасɵз конференциясында 2024-жылда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновацион технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктура менен тәмийинленгенлик дәрежесин жәнеде жақсылаў арқалы халықтыӊ турмысын жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 500-санлы қарары тийкарында Кегейли районында улыўма баҳасы 5 млрд.600 млн.сўм болған жәми 35 км аралықтағы топырақ жоллар қум-щебенли жолларға өткерилетуғынлығы атап ɵтилди. Қатнасыўшылар ɵзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

31.07.2024 15:49:39 175