Ҳәр бир ис өз ўақтында орынланса нәтийжесиде күтилгендей болады. Ҳәзир үлкемизде жаз мәўсими. Бул күнлер болса, әтирап аймақтың тазалығына итибар бериў ушын қолайлы дәўир. Бул ислерге район дәрежесинде итибар қаратылып, бүгин район ҳәкими А.Камалов басшылығында сектор басшылары ҳәм райондағы мекеме кәрханалардың баслықларының қатнасыўында штаб мәжилиси өткерилди. Онда, орайлық көшелерде абаданластырыў жумысларын алып барыў ушын аймақлар бөлистирилди ҳәм жумыслар баслап жиберилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
????@kegeylirkuzofficial