Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары басшылары, аймақлардағы ҳаял-қызлар белсендилери, жаслар жетекшилер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессия күн тәртибинде:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
Кегейли районы прокуратурасы тәрепинен нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша 2024 жылдың биринши ярым жыллығы даўамында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
Кегейли районы Әдиллик бөлими баслығының 2024 жылдың биринши ярым жыллығы даўамында мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлердиң норма дѳретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қоллаў әмелиятының аўҳалы туўралы мәмлимлемеси ҳаққында.
Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығының ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы туўралы есабаты ҳаққында.
Ҳаял-қызлардың жəмийеттеги ролин асырыў, гендер теңлик ҳəм шаңарақ мəселелери бойынша Республика комиссиясының “Ҳаял-қызлардың экономикалық белсендилигин асырыў, оларды кəсип-өнерге оқытыў, бәндлигини тəмийинлеў ҳəм де исбилерменликке кеңнен тартыў иләжлары ҳаққында”ғы 2024-жыл 8-апрельдеги кеңейтирилген тəрзде өткерилген мәжилисиниң 10-санлы протоколының орынланыў барысы ҳаққында.
Акционерлик-коммерциялық Халқ банки Кегейли филиалы тәрепинен банк хызметлерин көрсетиў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, оларға кредит қаржыларын ажыратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында.
Кегейли районы Жергиликли бюджетиниң 2024-жыл I ҳәм II-шереклери даўамында I, II ҳәмде IV-топар қарежетлерин өз ўақтында қаржыландырыў, қарыздарлықты болдырмаў мақсетинде қәрежетлер режесине өзгерислер киритиў ҳаққында.
Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлиминиң жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 28-июльдағы “Қаракалпақстан Республикасы халқын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларын тән алыў ҳаққында”ғы ПФ-119-санлы Пәрманы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2023 жыл 5-августтағы 346/XLV-санлы қарарының орынланыўы ҳаққында.
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2024 жылдың екинши ярым жыллығы ушын мөлшерленген жумысының тийкарғы жөнелислериниң ис режеси ҳақкында сондай-ақ, халық депутатлары районлық Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқада мәселелер көрип шығылды.
Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.