Кегейли районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў ҳаққында

21.02.2022 12:27:48 81 Баспаға шығарыў

Кегейли районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў ҳаққында

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрдеги «Ресурс салықлары ҳәм мал-мүлк салығын және де жетилистириў ҳаққында»ғы ПФ-6121-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Финанс министрлигиниң 2022-жыл 9-декабрьдеги район (қала)лар кесиминде жер салығы ставкаларын қабыл қылыў бойынша 06/04-34/4103-санлы ХБПУ хатына тийкарланып, 2023-жыл ушын белгиленген жергиликли бюджет прогнозларының орынланыўының турақлылығын ҳәм дәраматларының асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Кегейли районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын салық ставкаларына киритип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коффициентлерди қолланыў ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :

 

1. Өзбекстан Республикасы Финанс министрлигиниң 2022-жыл 9-декабрьдеги район (қала)лар кесиминде жер салығы ставкаларын қабыл қылыў бойынша 06/04-34/4103-санлы ХБПУ хаты орынлаў ушын басшылыққа алынсын.

2. Кегейли районы бойынша аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў ҳаққындағы районлық финанс бөлими ҳәм районлық мәмлекетлик салық инспекциясының усынысы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

3. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен 2023-жыл ушын белгиленген жер салығы ставкаларына Халық депутатлары районлық Кеңесине өз аймақларында жайласқан аўыллар ҳәм мәҳәллелер кесиминде жер салығы ставкасына 0,7 ен 3,0 ке шекем кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў бойынша шешим қабыл етиў ҳәм қабыл етилген шешимди салық уйымларына жеткериў тапсырылғанлығы;

-2023-жыл физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы (туристлик зоналарда жайласкан жер участкалардан тысқары) ставкасына 2022-жыл ушын есапланған салық суммасының 1,3 есесинен аспаған ҳалда коэффициентлерди қолланыў нәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрдеги «Ресурс салықлары ҳәм мал-мүлк салығын және де жетилистириў ҳаққында»ғы ПФ-6121-санлы Пәрманына муўапық, Салық кодекси менен белгиленетуғын салық ставкалары тийкарында аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық тәреплер бойынша бирден-бир (абсолют) муғдарда 1 гектар ушын белгиленген базалық салық ставкасына киритилген кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлер 1-қосымшаға муўапық, физикалық тәреплер бойынша (дийхан хожалығын жүритиў бойынша берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир (абсолют) муғдарда 1 кв.метр ушын белгиленген базалық салық ставкасына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлер 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

5. Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясына (Қ.Қадиров) Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси тәрепинен белгиленген салық ставкалары бойынша жер салығы төлеўшилерди өз ўақтында хабарландырыў ҳәм өндирилиўин тәмийинлеў тапсырылсын.

6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы тапсырылсын.

 

ILOVA: 1
Кегейли районлық аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық тәреплер бойынша бирден-бир муғдарда 1 гектар ушын белгиленген базалық салық ставкасына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлери

 

мың.сўмда

МПЖ, ППЖ ҳәм АПЖлар аты

Коэффицент (0,7 ден 3,0 ге шекем)

2023-жыл ушын Жер салығы ставкасы (мың.сўмда)

1

Абат мәкан МПЖ

0,75

14 873

2

Абат АПЖ

0,7

13 881

3

Ақтуба АПЖ

0,75

14 873

4

Бахытлы МПЖ

0,75

14 873

5

Гүжим терек МПЖ

0,75

14 873

6

Жалпақ-жап АПЖ

0,7

13 881

7

Жаңабазар АПЖ

0,7

13 881

8

Жүзимбағ АПЖ

0,75

Мамбет, [28.06.2024 12:26]
14 873

9

Жылўан жап МПЖ

0,75

14 873

10

Ишан қала АПЖ

0,75

14 873

11

Көк өзек АПЖ

0,7

13 881

12

Қумшунгил АПЖ

0,7

13 881

13

Қуяшлы МПЖ

0,75

14 873

14

Мәденият МПЖ

0,75

14 873

15

Нурлы бостан МПЖ

0,75

14 873

16

Алтын тала МПЖ

0,75

14 873

 

Қосымша: Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен юридикалық тәреплер ушын жер салығы ставкасын аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәмде көшелер кесиминде олардың экономикалық жақтан раўажланыўына қарап, 0,7 ден 3,0 ке шекемги кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффицентлерин белгилеў ҳуқықына ийе.

 

ILOVA: 2
Физикалық тәреплер бойынша (дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары)
бирден-бир муғдарда 1 кв.метр ушын белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлери

 

сўмда

МПЖ, ППЖ ҳәм АПЖлар аты

Коэффицент (0,7 ден 3,0 ге шекем)

2023-жыл ушын Жер салығы ставкасы (сўмда)

1

Абат мәкан МПЖ

0,92

139,65

2

Абат АПЖ

0,7

106,26

3

Ақтуба АПЖ

0,7

106,26

4

Бахытлы МПЖ

0,92

139,65

5

Гүжим терек МПЖ

0,92

139,65

6

Жалпақ-жап АПЖ

0,7

106,26

7

Жаңабазар АПЖ

0,7

106,26

8

Жүзимбағ АПЖ

0,7

106,26

9

Жылўан жап МПЖ

0,92

139,65

10

Ишан қала АПЖ

0,7

106,26

11

Көк өзек АПЖ

0,7

106,26

12

Қумшунгил АПЖ

0,7

106,26

13

Қуяшлы МПЖ

0,92

139,65

14

Мәденият МПЖ

0,92

139,65

15

Нурлы бостан МПЖ

0,92

139,65

16

Алтын тала МПЖ

0,92

139,65

 

Қосымша: Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен физикалық тәреплер ушын жер салығы ставкасын аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары көшелер ҳәм массивлер кесиминде экономикалық жақтан раўажланыўына қарап 0,7 ден 3,0 ке шекемги кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффицентлерин белгилеў ҳуқықына ийе.

21.02.2022 12:27:48 82