Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2021-жыл 30-декабрьдеги “Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022-жылғы параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы VI-43-80-13-184-К/21-санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында.

21.01.2022 17:09:38 55 Баспаға шығарыў

Ѳзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамының 6, 24-статьялары, Бюджет кодексиниң 27, 99-статьялары ҳәм “2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясы ҳәмдеҚарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң2021-жыл30-декабрьдеги194/ХХV-санлы қарарына муўапық ҳәм Кегейли районлық финанс бѳлиминиң 2022-жыл 17-январьдағы 150/1-санлы хатын инабатқа алып ХалықдепутатларыКегейлирайонлықКеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Ѳзбекстан Республикасының“2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамы,Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2021-жыл30-декабрьдеги194/ХХV-санлы қарары ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 11-январь күнги 9-13-0-Q/22-санлы қарарлары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2021-жыл30-декабрьдеги194/ХХV-санлы қарарына муўапық Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022-жыл дәраматлары 25 309,0 млн. сўм, қәрежетлери 94 224,6млн сўм болып қабыл етилгенлигиҳәмде республика бюджетинен ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансфертлер 68915,6 млн.сўм муғдарында тастыйықланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Бюджет қаржылары бѳлистириўшилерине Кегейли районы бюджетинен усы Кеңес қарарына муўапық ажыратылатуғын қаржылар тек 2022-жыл финанс жылы даўамында пайдаланылады.
  4. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2021 жыл 30-декабрьдеги “Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022 жылғы параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғыI-43-80-13-184-К/21-санлы шешиминиң 1, 2, 3, 4, 5, 7- қосымшаларына тѳмендегише ѳзгерислер киритилсин:

– 2022-жыл ушын Кегейли районы жергиликли бюджети дәраматлары прогнозы ҳәм қәрежетлери 1-қосымшаға;

– 2022-жыл ушын Кегейли районы бюджетинен жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары 2-қосымшаға;

– 2022жылушын Кегейли районы жергиликли бюджетиниң дәраматлары ҳәмде қәрежетлериниң шекленген муғдарлары3-қосымшаға;

– 2022-жыл ушын Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетинен район жергиликли бюджетине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансфертлер муғдарлары4-қосымшаға;

– 2022-жыл ушын Кегейли районы бюджети сақлаўлы қоры муғдары
5-қосымшаға муўапық ѳзгерислер киргизилсин;

– Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2022 жыл ушын жол қойылатуғын ең кем қаржылар муғдары 6-қосымшаға муўапық белгиленсин;

– 2022-жыл ушын улыўма мәмлекетлик салықлардан район жергиликли бюджетине ажыратпалар нормативлери7-қосымшаға муўапықѳзгерислер киргизилгенлигимағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Бунда, ажыратпалар нормативлери бойынша Қарақалпақстан Республикасының республика бюджети менен Кегейли районы жергиликли бюджетиниң ажыратпалар нормативлери орнатылған тәртипте Кегейли районы бойынша Ғазнашылық бѳлинбеси тәрепинен әмелге асырылыўы белгилеп қойылсын.

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң биринши орынбасары (М.Ниязов), районлық финанс бѳлими (К.Жиенбаев), районлық мәмлекетлик салық инспекциясы (С.Даўлетбаев) район ҳәқимлиги ҳәм жуўапкер мәкеме, кәрхана, шѳлкемлер менен биргеликте:

– тийисли бюджет қаржыларын биринши гезекте ис ҳақы ҳәм оған теңлестирилген тѳлемлер, азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақ ҳәмде коммунал хызметлер қәрежетлериниң режелестирилиўин нәзерде тутқан ҳалда қәлиплестириў;

– жергиликли бюджет прогноз кѳрсеткишлерин ѳз ўақтында ҳәм нәтийжели орынлаў;

– бюджет  қаржыларының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы ҳәм бюджет интизамына әмел етиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатыў;

– жергиликли бюджетке салықлар ҳәм басқада мәжбүрий тѳлемлердиң толық түсимин тәмийинлеў;

– жергиликли бюджет дараматлар базасын асырыў ҳәм қосымша резервлерди анықлаў зәрүрлигине айрықша итибар қаратсын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги жергиликли бюджеттиң тастыйықланған қаржыларының 5 пайызына(артық болыўы мүмкин) тең муғдардағы қаржылар жәмәәтшилик пикири тийкарында белгиленген иләжларды қаржыландырыўға ҳәмде жергиликли бюджетте қәлиплескен қосымша дереклериниң 30 пайызын жәмәәтшилик пикири тийкарында белгиленген иләжларды қаржыландырыўушын Кегейли районы “Пуқаралар басламасы фонды”на жөнелтирилиўин тәмийинлесин.

Бунда, районлық Кеңес депутатлары, Жаслар ислери агентлиги районлық бѳлими ҳәмде жаңадан енгизилген ҳәким жәрдемшилери бюджет процессинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде халыққа кең түрде үгит-нәсият жумысларын алып барыўға жуўапкер етип белгиленсин.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги жергиликли бюджет қаржыларын бѳлистириўшилериниңбюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўы туўралы есабатларын Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине усыныс етиўин тәмийинлесин.
  2. Усы шешим рәсмий дағазаланған күннен баслап күшке киреди.
  3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойыншатурақлы комиссиясына ҳәм Кегейли районы ҳәкимлигине жүкленсин.

 

Халық депутатлары Кегейли

районлық Кеңесиниң баслығы:                                      Д. Утемуратов

 

 

 

 

21.01.2022 17:09:38 56