Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 25-декабрдеги “2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы ЎРҚ-886-санлы Нызамы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
2023 жыл 26-декабрьдеги 360/XLVII -санлы қарары ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәқимият ҳаққында”ғы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 25-декабрдеги “2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы ЎРҚ-886-санлы Нызамына ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
2023 жыл 26-декабрьдеги 360/XLVII -санлы қарарына муўапық Кегейли районы бюджетиниң дәраматлары ҳәм қәрежетлери белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2.Кегейли районы бюджети дәраматларының 2024-жылдағы прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
– Кегейли районы район бюджетинен 2024-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары 2-қосымшаға муўапық;
– 2024-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары ҳәмде қәрежетлериниң шекленген муғдарлары 3-қосымшаға муўапық;
– 2023-жыл район жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансферт муғдары 4-қосымшаға муўапық;
– 2024-жыл Кегейли районы ҳәкимлигиниң сақлаўлы қоры муғдары
5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
– 2024-жыл район бюджетиниң 2024-жыл ушын жол қойылатуғын ең кем қаржылар муғдары 6-қосымшаға муўапық;
– 2024-жыл улыўма мәмлекетлик салықларының район жергиликли бюджетлерине ажыратпалар нормативлери 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Район ҳәкимлиги тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте:
– 2024-жыл ушын бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң толық орынланыўын тәмийинлеў, бюджет дәраматларының жаңа дереклерин излеп табыў, резервлерди толық иске түсириў есабынан бюджетке қосымша дәраматлар көбейтиў;
– экономикада терең структуралық өзгерислерге қаратылған актив инвестициялық сиясатты буннан былайда жеделлестириў, экономиканың әҳмийетли тармақларын финанслық қоллап-қуўатлаў, заманагөй жол-транспорт ҳәм инженерлик инфраструктураны раўажландырыў есабынан жоқары экономикалық өсим пәтлерин тәмийинлеў;
– макроэкономикалық турақлылықты жәнеде беккемлеў мақсетинде финанслық системаны жетилистирип барыў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў есабынан халқымыздың жасаў шәраятларын жақсылаў ҳәм олардың дәраматларын арттырыў;
– аймақларды социал-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын жедел әмелге асырыў арқалы дәраматлар базасын кеңейтиў, бюджетлер аралық қатнасықларды жәнеде раўажландырыў ҳәм жергиликли бюджет қәрежетлерин жылма-жыл оптималластырып барыў;
– келеси жылы бюджеттиң тийкарғы параметрлериниң орынланыўын тәмийинлеў мақетинде бюджет қаржыларының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў иләжларын әмелге асырыў тапсырылсын.
- Кегейли районлық экономика ҳәм қаржы бөлими (Ш.Караматдинов) ҳәм районлық салық инспекциясы (Ш.Ганиев) :
– жергиликли бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң тастыйықланған көрсеткишлериниң толық орынланыўын тәмийинлесин;
– жергиликли бюджет дәраматларының прогноздан артық орынланған бөлеги есабынан пайда болған қаржылардың районның экономикалық потенциалын көтериўге, мәнзилли бағдарламалардың орынланыўы ушын жумсалыўына айрықша итибар қаратсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси жергиликли бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы түрде қадағалаў орнатып, жергиликли бюджет дәраматлары прогноз көрсеткишлериниң орынланыў барысы ҳәр шеректе сессияларда терең талқыланып барылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.
- Усы шешим «Кегейли турмысы» газетасында рәсмий жәриялансын ҳәмде ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылсын.
8. Шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Кегейли районы бюджети дәраматларының 2024-жылдағы прогноз көрсеткишлери | ||
Дәрамат түрлери | Жәми
(мыӊ.сўмда) |
|
I | ЖӘМИ | 17 804 000,0 |
1 | Юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы | 0,0 |
2 | Айланбадан алынатуғын салық | 1 787 000,0 |
3 | Физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы | 0,0 |
4 | Исбилерменликтиң айырым түрлери бойынша қатаң белгиленген салық | 0,0 |
5 | Қосымша қун салығы | 0,0 |
6 | Акциз салығы, жәми | 0,0 |
– бензин, дизел жанылғысы ҳәм газ реализациясынан салық | 0,0 | |
7 | Юридикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық | 880 000,0 |
8 | Физикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық | 2 386 000,0 |
9 | Юридикалық тареплер жер салығы | 2 810 000,0 |
10 | Физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы | 6 412 000,0 |
11 | Жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық (руда емес материаллары) | 108 000,0 |
12 | Суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық | 3 075 000,0 |
13 | Бөлистирилетугын дәрамат | 0,0 |
14 | Мәмлекетлик үлеси болған карханаларды Меншиклестириўден түсетуғын салық | 346 000,0 |
II | Өткерип берилетуғын қаржылар | |
III | Тарнсфертлер | 108 840 497,0 |
ЖӘМИ ДӘРАМАТЛАР | 126 644 497,0 |
Кегейли районы район бюджетинен 2024-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары жойбары | |||
т/н | Көрсеткишлер | Суммасы
(мың.сўмда) |
|
Жәми қәрежетлер | 126 644 497,0 | ||
1 | Районлық Халық билимлендириў бөлими | 9 915 426,0 | |
соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 9 915 426,0 | ||
2 | Районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлими | 7 882 525,0 | |
Соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 7 882 525,0 | ||
3 | Районлық Медицина бирлеспеси | 52 872 223,0 | |
соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 52 872 223,0 | ||
4 | Районлық мәданият бөлими | 1 837 427,0 | |
Соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 1 837 424,0 | ||
5 | Районлық 1-санлы спорт мектеби | 4 637 974,0 | |
Соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 4 637 974,0 | ||
6 | Районлық Фермер хожалықлары бухгалтериясы орайы | 417 082,0 | |
Соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 417 082,0 | ||
7 | Районлық Абаданластырыў басқармасы | 26 695 622,0 | |
Соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 17 515 696,0 | ||
ишки жоллар | 4 000 000,0 | ||
8 | Районлық иррагация бөлими | 2 236 886,0 | |
Соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 2 236 886,0 | ||
9 | Районлық Ветеренария бөлими ҳәм лабораториясы | 1 549 745,0 | |
Соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 1 549 745,0 | ||
10 | Жергиликли бюджетлерде ҳәким жәрдемшилериниң усыныслары тийкарында мәҳалле инфраструктурасын жақсылаў ушын | 976 213,0 | |
11 | Сақлаўлы қор қәрежетлери | 1 194 500,0 | |
12 | Пуқаралардың пикири тийкарында қәлиплескен иләжларға жөнелтириў | 6 000 000,0 | |
13 | Социаллық көнликпе орайлары. | 71 994,0 | |
14 | Азатлықтан шеклеў жазасын өтеп болған пуқараларға «дәслепки социалық жәрдем пакети» қәрежетлерине | 4 000,0 | |
15 | Районлық басқарыў уйымлары | 15 532 806,0 | |
Соннан | |||
сақлаў қәрежетлери | 15 532 806,0 |
2024-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары ҳәмде қәрежетлериниң шекленген муғдарлары |
|||
№ | Қала ҳәм район аты | Дәраматлар
(мыӊ.сўм) |
Қәрежетлер
(мыӊ.сўм) |
1 | Кегейли районы | 17 804 000,0 | 126 644 497,0 |
Жәми | 17 804 000,0 | 126 644 497,0 |
2024-жыл район жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансферт муғдары | ||
№ | Район аты | Тәртипке салыўшы трансфертлер
(мыӊ.сўм) |
1 | Кегейли районы | 108 840 497,0 |
|
2024-жыл Кегейли районы ҳәкимлигиниң сақлаўлы қоры муғдары | |
Т/р | Аймақлар атамасы | Сақлаўлы қорлары муғдары
(мыӊ.сўм) |
1 | Кегейли районы | 1 194 500,0 |
Кегейли районы район бюджетиниң 2024-жыл ушын жол қойылатуғын ең кем қаржылар муғдары | ||
Т/р | Аймақлар атамасы | Муғдар
(мыӊ.сўм) |
1 | Кегейли районы | 843 000,0 |
Улыўма мәмлекетлик салықларынан Кегейли районы жергиликли бюджетлерине ажыратпалар нормати
|
|||
Қ/с | Салық түрлери | пайыз | |
1 | Юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы | 0 | |
2 | Физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы | 0 | |
3 | Жеке тәртиптеги исбилерменлерден алынатуғын дәрамат салығы | 100 | |
4 | Жеке тәртиптеги исбилерменлерден алынатуғын қатаң белгиленген салық | 100 | |
5 | Айланбадан алынатуғын салық | 100 | |
6 | Акциз салығы бензин, дизел жанылғысы ҳәм газ реализациясынан | 0 | |
7 | Юридикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық | 100 | |
8 | Юридикалық шахслардың жер салығы | 100 | |
9 | Физикалық шахслардың мал-мүлкине салынатуғын салық | 100 | |
10 | Юридикалық шахслардың жер салығы | 100 | |
11 | Физикалық шахслардың мал-мүлкине салынатуғын салық | 100 | |
12 | Физикалық шахслардан алынатуғын жер салығы | 100 | |
13 | Жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық (руда емес материаллары) | 100 | |
14 | Суў ресурсларынан пайдаланғанлық ушын салық (электрстанцияларынан тысқары) | 100 | |
15 | Суў салығы электрстанциялары бойынша | 0 | |
16 | Мәмлекетлик бажы | 0 | |
17 | Жәриймалар | 0 | |
18 | Жыйымлар | 0 | |
19 | Мәмлекетлик үлеси болған кәрханаларды меншиклестириўден түсим | 50 | |
20 | Мәмлекет мүлкин ижараға бериўден түсим | 0 | |
21 | Физикалық шахсларға тийисли мал-мүлкти ижараға бериўден түсим | 100 | |
22 | Мәмлекетлик унитар кәрханалардың сап пайдасынан ажыратпа | 0 | |
23 | Көшпе саўда объектин аукцион саўдалары арқалы өткериўден алынатуғын түсим | 0 |