ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ ТОҚСАН ЕКИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

21.06.2024 09:56:57 175 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары басшылары, аймақлардағы ҳаким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024 жыл
9-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-66-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында.

Кегейли районы халқын ҳәмде социаллық тараў объектлери ҳәм экономика тараўларын 2024 жылда энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў илажлары ҳаққында.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2023 жыл 10-апрельдеги  “Социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында  модернизациялаў ҳаққында”ғы 118-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында.

Кегейли районының ҳәкимшилик-аймақлық шегараларын белгилеў жумысларын көрип шығыў ҳаққында.

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2024-жыл 15-апрельдеги 88-сессиясының 43-санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында.

Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2024 жылдың биринши шерегинде белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржылардың жумсалыў жөнелислери ҳаққында.

Кегейли районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемеси баслығының суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлариниң техникалық жағдайын жақсылаў, сондай-ақ районда суў тежеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайлары бойынша есабаты ҳаққында.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 9-февральдағы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемелери жумысларын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 79-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында.

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары ҳəм секретариаты хызметкерлериниң сырт мəмлекетлерге шығыўы менен байланыслы қатнасықларды тəртипке салыў хаққында.

Кегейли районы бойынша “Ҳаяллар дәптери”ниң бесинши басқышында киритилген ҳаял-қызлардың дизимине қосымшалар киритиў ҳаққында, сондай-ақ, халық депутатлары районлық Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқада мәселелер көрип шығылды.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

21.06.2024 09:56:57 176