ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКСИЗ ТОҚСАН БИРИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

22.05.2024 18:46:30 271 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары басшылары, аймақлардағы ҳаким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери, жаслар жетекшилери, аймақлардағы социаллық хызметкерлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

  1. Кегейли районы секторлар басшылары тәрепинен 2024 жылдың биринши шерегинде аймақларда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў, турақлы жасаў орнынан узақ мүддетке шығып кеткен пуқаралар менен ислесиў, “Сайхунобод тәжирийбеси”н енгизиў, халықтың кейпиятына кери тәсир етиўши факторларды сапластырыў, “мәҳәлле жетилиги” жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм олардың жуўапкершилигин асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабатлары ҳаққында, сондай-ақ, халық депутатлары районлық Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқада мәселелер көрип шығылды.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

 

 

 

 

22.05.2024 18:46:30 272