ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ ТОҚСАНЫНШЫ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

13.05.2024 15:59:26 225 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана басшылары, аймақлардағы ҳаким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери, жаслар жетекшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

  1. Кегейли районында 2024 жылдың биринши шерегннде жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигине көмеклесиў бағдарламасының орынланыўы ҳаққында.
  2. Өзбекстан Республикасының “Жас өспиримлер ортасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳаққында”ғы Нызамының орынланыў барысы ҳаққында.
  3. Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 7-марттағы “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаў жумысларын еледе жеделлестириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПП-87-санлы Пәрманының район аймағында орынланыў барысы бойынша район ҳакиминиң орынбасары-шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығының есабаты ҳаққында.
  5. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2024-жыл 23-февральдағы “Кегейли районы аймағынан «Жасыл бағ» ҳәм “Жасыл жәмийетлик парклер” жойбарларын әмелге асырыў ҳәм шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы VI-86-18-13-184-K/24 -санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында.
  6. Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасарының район аймағында қурылыс тараўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
  7. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 28-июльдағы “Қаракалпақстан Республикасы халқын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларын тән алыў ҳаққында”ғы ПФ-119-санлы Пәрманы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2023 жыл 5-августтағы 346/XLV-санлы қарарының орынланыўы ҳаққында.
  8. Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыў жағдайын үйрениў нәтийжелери ҳаққында.
  9. Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы қурамына ағза усыныў ҳаққында, сондай-ақ, халық депутатлары районлық Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқада мәселелер көрип шығылды.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

13.05.2024 15:59:26 226