ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ СЕКСЕН ТОҒЫЗЫНШЫ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

22.04.2024 15:45:55 74 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мекеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

  Сессия күн тәртибинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
  2. Кегейли районы әдиллик бөлими баслығының мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлердиң норма дѳретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қоллаў әмелиятының аўҳалы туўралы мәмлимлемеси ҳаққында.
  3. Басламалы бюджет процессиниң 2024 жыл биринши мәўсиминде жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм даўыс бериў жуўмағы менен “жеңимпаз” деп табылған жойбарларды анықлаў ҳәм бюджет қаржылары есабынан қаржыландырыў ҳаққында.
  4. Кегейли районы халқын ҳәмде социаллық тараў объектлери ҳәм экономика тараўларын 2024 жылда энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў илажлары ҳаққында.
  5. Мәҳәллелердеги машқалаларды ҳал етиўде халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларының “Мәҳәлле жетилиги” менен бирге ислесиўин жолға қойыўды шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында.
  6. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 28-июльдағы “Қаракалпақстан Республикасы халқын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларын тән алыў ҳаққында”ғы ПФ-119-санлы Пәрманы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2023 жыл 5-августтағы 346/XLV-санлы қарарының орынланыўы ҳаққында.
  7. Аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларынан аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шөлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында, сондай-ақ, халық депутатлары районлық Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқада мәселелер көрип шығылды.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

22.04.2024 15:45:55 75