ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ СЕКСЕН СЕГИЗИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

03.04.2024 14:38:19 193 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

– Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша бириши орынбасарының «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

– Кегейли районында аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыў жағдайын үйрениў нәтийжелери ҳаққында.

– Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығының ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы туўралы  есабаты ҳаққында.

– Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығының медициналық хызметлер сыпатын ҳәм нәтийжелилигин асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

– Кегейли районы экономика ҳәм финанс бөлими баслығының  район жергиликли бюджетиниң 2024 жыл биринши шерегинде орынланыўы туўралы есабаты ҳаққында.

– Кегейли районы салық инспекциясы баслығының жергиликли бюджет дәраматларының орынланыў жағдайы, есапланған салықлар ҳәм басқада мәжбүрий төлемлердиң әмелде төленгенлиги, сондай-ақ  салық қарыздарлығы бойынша есабаты  ҳаққында.

– Аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларынан аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шөлкемлестириў ушын ашық eлектрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.

– Кегейли районында вегетация дәўиринде суўдан пайдаланыўшылар кесиминде аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў ушын суў алыў лимитлерин тастыйықлаў ҳаққында.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

 

03.04.2024 14:38:19 194