ХАЛЫҚТЫ ТӘБИЙИЙ ГАЗ БЕНЕН ТӘМИЙИНЛЕЎ БОЙЫНША ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛҒАН ЖУМЫСЛАР БОЙЫНША БАСПАСƟЗ КОНФЕРЕНЦИЯСЫ ƟТКЕРИЛДИ

26.03.2024 18:50:16 286 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлигинде «Халықты тәбийий газ бенен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар» атамасында баспасɵз конференциясы ɵткерилди. Оған, район ҳәкиминиң қурылыс мәселелери бойынша орынбасары Р.Ережепов қатнасты. Конференция даўамында районда бүгинги күнге шекем халықты тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ бенен турақлы тәмийинлеп барыў мақсетинде 150 дана газ бɵлистириў үскенесин техникалық көриктен өткериў жумыслары алып барылды. 34,4 км жер асты газ тармақлары ҳаўа басымы астында сынаў жумыслары режелестирилген болып, соннан 35,6 км жер асты газ тармақларына ҳаўа басымы астында сынаў жумыслары алып барылды. 33,6 км жер асты газ тармақларын арнаўлы асбап арқалы (прибор) тексериў жумыслары алып барылған. 21,2км газ тармақларын тәртиплестириў ҳәм бояў жумыслары алып барылғанлығы атап ɵтилди. Қатнасыўшылар ɵзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

26.03.2024 18:50:16 287