Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мекеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, аймақлардағы ҳаким жәрдемшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессия күн тәртибинде:
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 13-июльдеги “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанынан мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳақкында”ғы ПҚ-228-санлы қарары тийкарында район аймағындағы мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
– Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары- Инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығының район аймағында инвестициялар киргизиў ҳәм инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша есабаты ҳаққында.
– Аймақларда қоршаған орталықты қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы Кегейли районы экологоя ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими баслығының есабаты ҳаққында.
– Кегейли районы орайында ақаба суў системасын қурыў жойбары ҳаққында.
– Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.
– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң регламентине ҳәм турақлы комиссиялары ҳаққындағы режеге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында. сондай-ақ, халық депутатлары районлық Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқада мәселелер көрип шығылды.
Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети