Ассалаўма алейкум әзиз хаял-қызлар, қәдирли апа-қарындаслар!
Бәршеңизди 8-март -“Халықаралық ҳаял-қызлар күни” байрамы менен қызғын қутлықлайман.
Ҳаял-қызлар дүньяның көрки, шаңарағымыздың уйтқысы, жәмийетте болса, кәсиплесимиз, татыўлықты, әдеп-икрамлылықты ҳәм сулыўлықты жаратыўшы инсанлар саналады.
Кейинги жыллары елимизде ҳаял-қызларымыз ушын үлкен имкәниятлар есиги ашылды. Ҳүрметли Президентимиз басламасы менен жәмийетимизде ҳаял-қызлардың ролин асырыўға бағдарланған жойбарлар әмелге асырылып, олар ушын үлкен имкәниятлар жаратылмақта.
Әдиўли аналар,
Қәдирли ҳаял-қызлар!
Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизди және бир мәрте бүгинги байрам менен қызғын қутлықлайман. Шаңарақларыңызға беккем аўызбиршилик, жумысларыңызға табыслар, дәстурханыңызға қут-берекет тилеймен.
@kegeylirkuzofficial