ДӨГЕРЕК БАСШЫ “ЎАТАН ПИДАЙЫСЫ” КӨКИРЕК БЕЛГИСИ МЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

08.03.2024 11:44:26 204 Баспаға шығарыў

Быйылғы 8-март-Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен Кегейли районлық Мәденият бөлимине қараслы Халқабад мәденият орайының дөгерек басшысы Айгүл Сатуллаева Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен “Ўатан пидайысы” көкирек белгиси менен сыйлықланды.
А.Сатуллаева қырық жылға шамалас мийнет жолы даўамында өзи жумыс алып барып атырған мәденият орайы жумысларының алға  илгерлеўинде пидайылық пенен хызмет етип, аймақ жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериўге, мәденият ҳәм көркем өнерге қызығыўшы жасларды жәмлеп, оларға өнер сырларын үйретип келмекте. Республикалық түрли таңлаўларда белсене қатнасып, район көлеминде өткерилип атырған мәдений илажларды шөлкемлестириўде айрықша хызмет етип киятыр.

08.03.2024 11:44:26 205