Кегейли районын жумыссызлықтан ҳәм коррупциядан аўлақ аймаққа айландырыў ҳәмде сектор басшылары тәрепинен мәҳәллелерде жумысларды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Андижан ўалаятына сапары даўамында берилген тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў, мәҳәллелерде халықтың машқалаларын шешиў, “мәҳәлле жетилиги” жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәмде жаслар менен ислесиў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Кегейли районы 1-сектор баслығы А.Камаловтың, 2-сектор баслығы И.Абдуллаевтың, 3-сектор баслығы Н.Адилбековтың, 4-сектор баслығы Ш.Ғаниевтың мәҳәллелерде халықтың машқалаларын шешиў, “мәҳәлле жетилиги” жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәмде жаслар менен ислесиў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша есабатлары мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районында секторлар кесиминде 2024-жылы жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигине көмеклесиў ушын халықты турақлы, мәўсимлик ҳәм ўақтынша жумыслар менен бәнт етиў мақсетли көрсеткишлери усы шешимге қосышаға муўапық тастыйықлансын.
3. Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Камалов, Б.Қадиров), сектор басшылары (А.Камалов, И.Абдуллаев, Н.Адилбеков, Ш.Ғаниев):
– мәҳәллелерде халықтың машқалаларын шешиў, “мәҳәлле жетилиги” жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәмде жаслар менен ислесиў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында “Әндижан тәжирийбесин” енгизиў бойынша зәрүр илажларды белгилесин;
– 2024-жылда ҳәр бир сектор аймағындағы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қабыл етилген мәнзилли бағдарламалар тийкарында сектор басшылары мунтазам рәўиште аймақты жумыссызлықтан ҳәм коррупциядан аўлақ аймаққа айландырыў, мәҳәллелерде тизимли жумысларды шөлкемлестириўге қаратылған илажларды өз ўақтында әмелге асырыўлары белгилеп қойылсын.
– Кегейли районында 2024-жылы жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигине көмеклесиў ушын халықты турақлы, мәўсимлик ҳәм ўақтынша жумыслар менен бәнт етиў мақсетли көрсеткишлериниң мәҳәллелер кесиминде орынланыўына жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын;
– үш күн мүддетте районды жумыссызлық ҳәм коррупциядан аўлақ аймаққа айландырыўда нәтийжелиликке ерисиўге қаратылган мәнзилли зәрүр илажлар белгилесин.
Бунда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, ҳуқықый мәдениятты көтериў, коррупцияның алдын алыўға қаратылған әмелий ис-илажлар менен бир қатарда, бул жөнелислерде мәкеме, кәрхана, шөлкемлер, мәҳәллелер, билимлендриў мәкемелеринде үгит-нәсиятлаў илажларын өткериўге айрықша итибар қаратылсын;
– ҳәр бир сектор бойынша тастыйықланған халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәнзилли бағдарламасының орынланыўы бойынша айлық ҳәм шереклик реже-график “мәҳәллебай” ислеп шықсын;
– ҳәр шеректе Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәнзилли бағдарламасының орынланыў барысы ҳаққында есабатлар киритип барсын.
4. Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Камалов, Б.Қадиров, А.Төремуратов) бир күн мүддетте:
– халықтың кейпиятына кери тәсир көретип атырған машқалаларды үйрениў ҳәм ҳал қылыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, “мәҳәлле жетилиги” жумысларын системалы түрде шөлкемлестириў ҳәм жаслар менен ислесиў бағдарында әмелге асырылатуғын ис-илажлар режесин ислеп шықсын;
– ис-илажлар режесиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша исши топар ҳәм район ҳәкимлигинде турақлы жумыс алып барыўшы штаб шөлкемлестириў тапсырылсын.
5. Кегейли районы ҳәкиминиң тараўлар бойынша орынбасарлары (Б.Қадиров, И.Даулетмуратов, А.Төремуратов, Ж.Қайыпназаров, Р.Ережепов, Б.Байжанов, Г.Хожамбергенова) белгиленген кесте тийкарында ҳәр ҳәптеде кеминде 2 мәҳәллеге тиккелей шыққан ҳалда мәҳәллелердеги жумысларды үйренип барсын ҳәм мәҳәлле белсендилери менен ушырасыўлар өткерип барыў ўазыйпалары жүкленсин.
6. Кегейли районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелри бойынша орынбасары А.Төремуратов “Мәҳәллелер аўқамы” Кегейли районы бөлими (М.Хошанов), Кегейли районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими (Қ.Бекимбетов):
– мәҳәлле баслықларының қатнасыўында ҳәр бир мектепте ата-аналар мәжилислерин турақлы түрде өткерип барылыўын тәмийинлесин;
– “Мәҳәлле жетилиги”ниң мектеплерде оқыўшылардың сабақларға қатнасыў барысы менен ҳәр күни шуғылланыў;
– бунда мектеп директорлары сабаққа келмеген оқыўшылар ҳаққындағы күнлик мағлыўматты мәҳәлле баслықларына қол қойған ҳалда усынып барыў әмелиятын енгизиў тасырылсын.
7. Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Р.Ережепов ҳәптелик реже тийкарында мәҳәллелерде елатлы пунктлерди абаданластырыў ишки көшелерди тәртипке келтириў, жол бойларына тереклер егиў, салмаларды тазалаў, шығындыларды белгиленген жайларға алып шығыў жумысларын шөлкемлестириў тапсырылсын.
8. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Хожамбергенова:
– ҳаял-қызлдардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың мәнәўий-ағартыўшылығын көтериў, ажырымлардың алдын алыў бойынша мәнзилли ис-илажлар режесин ислеп шықсын;
– пиллешилик тараўында ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша Әндижан тәжирийбесин енгизиў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы ҳәкиминиң тараўлар бойынша орынбасарларына ҳәмде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жөнелислер бойынша турақлы комиссияларына жүкленсин.