НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИ ТӘМИЙИНЛЕНДИ.

27.02.2024 10:54:55 100 Баспаға шығарыў

Бүгинги күни елимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бирақ, соған қарамастан айырым заманласларымыз тәрепинен “үйренген әдет қалама…” дегениндей, бул иллетке байланыслы жынаятлы ислер еле даўам етпекте.

Әмиўдәрья районындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң директоры болып ислеп келген Г.А. да өзиниң хызмет лаўазымынан пайдаланған ҳалда, жеке байлығын арттырыў мақсетинде, усындай жынаятқа қол урды.

Атап айтқанда ол өз шөлкеминде ислеўши тәрбияшының туўыў менен байланыслы мийнет дем алысына кеткенлигинен пайдаланып, шаңарақ жағдайларына байланыслы дем алысқа кеткен хызметкердиң 0,5 ставкасын өзине қосып бериўди сораған 0,25 ставкада ислеўши хызметкерден өзине хызмет етип бериўин сорайды ҳәм оны 2023-жылдың июль айында усы орынға жумысқа орналастырады.

Соңынан жәбирлениўши хызметкер келип директордан оған қанша ақша бериўи кереклигин сорайды. Директор болса, егер, қыйналмасаң 500 мың сум ақша береғой дейди.

Бирақ, хызметкер бул ақшаны таба алмай усы мәселени унамлы шешип бериўди сорап, райондағы ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлерине мүрәжат етеди. Нәтийжеде мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң директоры болып ислеп келген Г.А. сол жылдың 8-август күни жәбиркештен 500 мың сумды пара сыпатында алып атырған ўақытта тийисли уйым хызметкерлери тәрепинен қолға алынады.

Жынаят ислери бойынша Елликқала районлық судының гезектеги өткерилген суд мәжилисинде судланыўшы өзиниң айыбын толық мойынлап, бул ислеген қылмысынан шын кеўилден пушайман екенлигин ҳәм өзине кеширим берилиўин сорады. Бирақ, нызам алдында ҳәмме тең болғанындай оған белгиленген нызам тийкарында тийисли жаза тайынланды.

 

О.Маўленов,

Жынаят ислери бойынша Елликқала районлық суды баслығы.

 

27.02.2024 10:54:55 101