Мүрәжатлар менен ислесиў бағдарындағы жумыслар бойынша брифинг ɵткерилди

23.02.2024 10:49:26 75 Баспаға шығарыў

 

Ҳүрметли Президентимиздиң «Халық мәмлекетлик шөлкемлерге емес, бәлки мәмлекетлик шөлкемлер халқымызға хизмететиўи керек» деген принциплери тийкарында бүгинги күнде пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларди анықлаў ҳәм олардың шешимин табыў бойынша нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атыр.

Өзбекстан Республикасы Президентиның 2017-жыл 11-сентябрь күнги “Физикалық ҳәм юридикалық шахыслардың мүрәжәтлары ҳаққында”ғы ПҚ-445-санлы қарары талапларына тийкар Кегейли районы ҳәкимлигине келип түскен мүрәжәтлар қадағалаўға алынып өз мүддетинде атқарыўы тәмийинленип атыр.

Кегейли районы ҳәкимлигине әмелдеги жыл басынан   23-февраль жағдайына физикалық ҳәм юридикалық шахслардан 156 мүрәжәтлары келип түскен болып ўақытында орынланыўы тәмийнленип, мүрәжәтлар унамлы шешимин табыў илажлары көрилмекте.

Район ҳәкими, район сектор басшылары ҳәм де Халық қабыллаўхана менен биргеликте мәҳеллелерге ҳәм алыс аймақларға шыққан ҳалда көшпели қабылларда пуқаралар қабыл етилип, олардың машқалалы мәселелери системалы түрде шешилип келинбекте.

Кегейли районы ҳәкими Айбек Камалов тәрепинен бүгинги күнге шекем 7 Жузимбағ, Көкөзек, Қумшунгул, аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм Абат макан, Нурлы бостан мәҳеллелерде  7 көшпели қабыллаўлар өткерилип, 53 мүрәжәтлар қадағалаўға алынды.

Февраль айында 5 Ақтуба, Жалпақ жап, Абат аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм Бахытлвы, Қуяшлы мәҳеллелерде көшпели қабыллаўлар өткериледи.

Көшпели қабыллаўлар даўамында материаллық жәрдем мәселелери, жумыс ҳәм мийнет ҳақы ҳәм жеңилликлер, турақ-жайын ремонтлаў мәселелери, ден саўлықты сақлаў мәселесинде, турақ-жай ҳәм жер алыў мәселелеринде ең көп мүрәжәтлар келип түсип атыр.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы ҳәм Министрлер Кеңесине тиккелей үш ҳәм оннан көп мүрәжәтлар еткен пуқаралар менен көшпели қабылаўлар даўамында олар менен және ушырасып мүрәжәтларын унамлы шешиў бойынша илажлары көрилмекте.

Келешектеде аймақларда ғалабалық көшпели қабылаўларды өткерилиўин, мүрәжәтлар қылып атырған ҳәр бир пуқараны “арзашы” ямаса “шағымчи” ретинде емес, керисинше оларды өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин әмелге асырыўда әмелий жәрдем сорап киятырған инсанлар ретинде көрип, олар менен ашық байланыста болып мәселелерин унамлы шешимлерин табыў ушын барлық зәрүрли илажларын көрип барамыз.

Ҳүрметли Президентимизнинг 2023-жыл 2-феврал кунги №52 санлы шешимине муўапық 94 шаңарақ шиферлаў жумыслары алып барылды.

2024-жыл район бойынша жәми 35 км ишки жолларға ШПС төсеў, оӊлаў жумыслары алып барылады.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң

Мәлимлеме хызмети

23.02.2024 10:49:26 76