Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мекеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, аймақлардағы ҳаким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессия күн тәртибинде:
– Кегейли районын жумыссызлықтан ҳәм коррупциядан аўлақ аймаққа айландырыў ҳәмде сектор басшылары тәрепинен мәҳәллелерде жумысларды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында.
– Кегейли районында жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигине көмеклесиў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында.
– Кегейли районы аймағынан “Жасыл бағ” ҳәм “Жасыл жәмийетлик парклер” жойбарларын әмелге асырыў ҳәм шөлкемлестириў илажлары ҳаққында.
– Кегейли районы бойынша “Ҳаяллар дәптери” менен ислесиў системасының ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениўдиң бесинши басқышын шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында.
– Жергиликли Кеңес депутатлары жумысларының нәтийжелилигин асырыў ҳаққында, сондай-ақ, халық депутатлары районлық Кеңесиниң ўәкилликлерине киретуғын басқада мәселелер көрип шығылды.
Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети