Коррупция мәмлекет басқарыўы системасын жемириўи, мәмлекет шөлкемлери ҳәм мәмлекет хызметкерлерине унамсыз мунасәбетти пайда етиўи, ҳәкимияттың абырайсызланыўына себепши болыўын ҳәммемиз жақсы билемиз. Коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў барлық мәмлекет шөлкемлериниң үстин ўазыйпасы. Мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы шөлкемлери хызметкерлери, сондай-ақ, статистика басқармасы хызметкерлери тәрепинен парахорлық, коррупцияға жол қойылыўы, мәмлекет ҳәм статистика системасына сиясий, економикалық, ҳуқықый зиян жеткезип, халқымыздың статистика тараўына болған исеними төменлеўине алып келеди. Коррупцияға қарсы гүресиўде текғана лаўазымлы шахслар емес, бәлким пуқаралар да активлик көрсетиўи талап етиледи. Олардың буған байланыслығы ҳуқықый мәдениятын асырыў зәрүрли әҳмийетке ийе. Бүгинги күнде пуқаралар 2017-жылдың 3-январьында қабыл етилген “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызамның түп мәнисин билиў менен бирге, оның жәмийет раўажланыўы ушын тосық ҳәм иркиниўлерди биргеликте жеңиўде зәрүрли ҳуқықый ҳүжжет екенлигин аңлап жетпекте.
Коррупцияға қарсы гүресиў – дәўир талабы!
13.02.2024 17:21:22
241