Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық хожалығы ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде;
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 13-июльдеги “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанынан мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳақкында”ғы ПҚ-228-санлы қарары тийкарында район аймағындағы мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы Қарары талапларының орынланыў барысы ҳаққында.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.