ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ СЕКСЕН БЕСИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ.

05.02.2024 18:05:41 269 Баспаға шығарыў

Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мекеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия күн тәртибинде:

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

– «Жасларға тийис  мәмлекетлик сиясаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының орынланыў барысы ҳаққында.

– Өзбекстан Республикасы Бас прократурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Кегейли районлық бөлими баслығының 2023-жылдың екинши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

– Кегейли районлық ишки ислер бөлими баслығының ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм оның профилактикасы  жағдайы ҳаққындағы есабаты ҳаққында.

– “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы дәраматлар ҳәм ғәрежетлер бөлегиниң орынланыўы бойынша Қәўендерлик кеңеси баслығының есабаты ҳаққында.

Жәмийетшилик пикири тийкарында илажларды қәлиплестириў, баҳалаў, таңлап алыў ҳәмде орынланыўын мониторинг қылып барыўшы Кегейли районы ҳәкимлиги Жумысшы комиссиясының 2023 жылда жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға  жөнелттирилген қаржылар бойынша есабаты ҳаққында.

– Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.

Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық  мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

05.02.2024 18:05:41 270