ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ АГРАР, СУЎ ХОЖАЛЫҒЫ МӘСЕЛЕЛЕРИ ҲӘМ ЭКОЛОГИЯ БОЙЫНША ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯСЫНЫҢ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

03.02.2024 10:46:44 75 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилис күн тәртибинде Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.

Турақлы комиссия мәжилисинде күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.

03.02.2024 10:46:44 76