Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде;
– «Жасларға тийис мәмлекетлик сиясаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының орынланыў барысы ҳаққында.
– Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы, Қәўендерлик кеңеси баслығының “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы дәраматлар ҳәм қәрежетлер бөлегиниң орынланыўы бойынша есабаты ҳаққында.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.