Халық билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған унамлы жумыслар ҳәм нәтийжелер бойынша ашық сәўбет

20.01.2024 19:36:32 80 Баспаға шығарыў

Билимлендириў тараўында әмелге асырылған жумыслар ҳәм унамлы нәтийжелер ҳаққында  ашық сәўбет өткерилди.
Онда атап ɵтилгениндей, бүгинги күнде Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы
39 билимлендириў мәкемеси бар болып, соннан 38 улыўма билим бериў мектеби,
1 “Бәркамал әўлад” балалар мектеби жумыс алып бармақта.

Бөлимге қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде 12641 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Бәркамал әўлад балалар мектебинде шөлкемлестирилген дөгереклерге  760 оқыўшы тартылған. Сондай-ақ, улыўма орта билим бериў мектеплеринде  1864 муғәллим хызмет көрсетип келмекте. Олардан 1728 муғәллим жоқары мағлыўматлы, 136 муғәллим орта арнаўлы мағлыўматлы муғәллимлерди қурайды. Муғәллимлердиң сыпат қурамы бойынша 181 муғәллим жоқары категориялы, 403 муғәллим биринши категориялы, 534 муғәллим екинши категориялы, 562 муғәллим қәниге муғәллимлерди қурайды. Районда жәми 145 шет тили пәни муғаллимлери бар болып, соннан
95 оқытыўшы шет тилине тийисли миллий ҳәм халықаралық сертификатларға ийе болған.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

20.01.2024 19:36:32 81