Жүзимбағ АПЖ да жайласқан Қосқала аўылының аймағы кең. Аўылдың шетинде жайласқан 40 қа жақын хожалықлардың бүгинги күнге шекем тийкарғы машқаласы ишимлик суўы мәселеси болып, олар жер асты кранларынан суў ишип киятыр.
Бул машқала болса жақын күнлерде өз шешимин таўып атыр. Өйткени, Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен арнаўлы ислеп шығылған қарар тийкарында мәҳаллелердиң инфраструктурасын жетилистириў, пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллени социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәмде аймақтағы машқалалардың нәтийжели ҳәм тез шешилиўин тәмийинлеў мақсетинде ажыратылған 500 млн сўм қаржы есабынан көше бийлериниң усынысы менен ҳәр бир шаңарақты таза ишимлик суўына жалғаў бойынша жумыслар баслап жиберилди. Буннан аўыл халқының қуўанышы шексиз.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial