Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 29-июнь күнги «Мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлерине юридикалық хызмет көрсетиў искерлигин жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5168-санлы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-март күнги «Юридикалық хызмет көрсетиў орайлары искерлигин жәнеде кеңейтириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-173-санлы қарарларына тийкар бүгинги күнде Кегейли районы әдиллик бөлими Юридикалық хызмет көрсетиў Орайы (кейинги орынларда – Орай деп жүритиледи) тәрепинен Кегейли районындағы 70 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерге “Е-huquqshunos” электрон системасы арқалы юридикалық хызметлер көрсетип келинбекте.
Статистик есабатларға нәзер аўдаратуғын болсақ, 2023-жылда Орайға жәми 16 376 ҳүжжет (5 544 жеке қурам, 2 584 мийнет демалыслары, 400 хызмет сапарлары, 3 742 улыўма мәселе, 1 805 мийнет шәртнамалары, 2 274 пуқаралық ҳәм хожалық шәртнамалары) лер келип түскен болса, соннан 15 314 ҳүжжет
(5 221 жеке қурам, 2 442 мийнет демалыслары, 355 хызмет сапарлары, 3 522 улыўма мәселе, 1 660 мийнет шәртнамалары, 2 114 пуқаралық ҳәм хожалық шәртнамалары)лерге нызамға муўапықлығы бойынша, 810 ҳүжжет (285 жеке қурам, 90 мийнет демалыслары, 42 хызмет сапарлары, 147 улыўма мәселе, 118 мийнет шәртнамалары, 128 пуқаралық ҳәм хожалық шәртнамалары)лерге нызамға муўапық емеслиги бойынша ҳуқықый жуўмақлар берилди.
Сондай-ақ, келип түскен 225 ҳүжжет (38 жеке қурам, 52 мийнет демалыслары, 3 хызмет сапарлары, 73 улыўма мәселе, 27 мийнет шәртнамалары, 32 пуқаралық ҳәм хожалық шәртнамалары)лер кемшиликлерди сапластырыў бойынша ҳуқықый жуўмақлар берилди.
Ҳүжжетлерди ҳуқықый экспертизадан өткериў даўамында 3 000 нан артық нызамбузыўшылық жағдайларының алды алыныўына ерисилди.
Орайдың тийкарғы мақсети мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларын жуўапкершиликке тартыў емес, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм нызамбузыўшылық жағдайларының алдын-алыў дейди Орай баслығы К.Палуаниязов.