Ҳаял-қызлардың исбилерменлиги ҳәм искерлиги бойынша медиа¬-тур өткерилди

16.01.2024 16:42:00 143 Баспаға шығарыў

Кегейли районында ҳаял-қызлар машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында медиа-тур өткерилди. Медиа-тур даўамында район бойынша 2023-жылда 4-басқыш “Ҳаяллар дәптери”не дизимге алынған ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәсипке оқытыў ҳәм өнерментшиликке үйретиў бойынша әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери менен танысты. Мағлыўмат ушын, 2023-жылда 4-басқыш “Ҳаяллар дәптери”не 2089 ҳаял-қызлар 6 тайпа бойынша дизимге киритилген. Соннан социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз болған 1 103 ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў илажлары алып барылып, 429 ҳаял-қыз турақлы жумысқа жайластырылған. 39 ҳаял-қыз ҳақы тѳленетуғын жәмийетлик жумысларға қамтылып, 465 ҳаял-қыз кәсипке оқытылған, 5 ҳаял-қызға 25 млн сўм субсидия ажыратылып, 165 ҳаял-қыз өзин-өзи бәнт етилген. Исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетинде болған 395 ҳаял-қызға
2млрд 145 млн сўм муғдарында кредитлер ажыратылған. Бағыўшысы болмаған, социаллық қорғаўға мүтәж
I-II топар майыплылығы болған ҳәм де қарамағында майыплылығы бар перзенти болған 357 ҳаял-кызға базалық есаплаў муғдарының 4 есеси муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем берилген. Сондай-ақ, уй-жайы оӊлаў жумысларына мүтәж 19 ҳаял-қыздыӊ үй-жайына оӊлаў жумыслары алып барылды. Үй-жайға мүтәж 34 ҳаял-қыздыӊ 34,5 млн сўм ижара компенсациясы тѳлеп берилди ҳәм 2 ҳаял-қыз үй-жай менен тәмийинленген. 7 ҳаял-қызға үй қапталы қыйтақ жерин раўажландырыў ушын жеӊилллетилген кредит ажыратылды. Буннан тысқары 1 213 ҳаял-қызға психологиялық жәрдем,1 002 ҳаял-қызға ҳуқықый жәрдем, 1 579 ҳаял-қызға ҳәм олардыӊ 245 перзентлерине 84,42 млн сўм муғдарында медициналық жәрдем кѳрсетилген.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

16.01.2024 16:42:00 144