“МӘДЕНИЯТ” МПЖ ЖУЎАПКЕРЛЕРИНИҢ ЕСАБАТЛАРЫ ТЫҢЛАНДЫ

28.12.2023 09:31:40 75 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы “Мәденият” мәкан пуқаралар жыйыны имаратында райондағы «Маденият» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы, аймақтан сайланған Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты, мәҳәллеге бириктирилген ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәмде аймақтағы атқарыў ҳәкимият уйымы басшыларының пуқаралар жыйынлары искерлиги тараўына киретуғын мәселелер жүзесинен есабатлары тыңланды.

Мәжилисте баянатгылар тәрепинен бир қатар жөнелислерде унамлы нәтийжелерге ерисилгенлиги атап өтилди. Атап айтқанда есабат дәўиринде аймақта экология ҳәм әтирап орталықты қорғаў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша шаңарақларға көплеген мийўели ҳәм декоратив нәллер шаңарақларға тарқатылған.

28.12.2023 09:31:40 76