Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мекеме, кәрхана басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жектекшилери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сондай-ақ сессия жумысына Әндижан ўәлаяты ҳәкими Ш.Абдурахманов онлайн тәризинде Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги студиясынан қатнасты.
Сессия күн тәртибинде:
– Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023жыл 2-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы
52-санлы қарарының ҳәмде инвестиция жойбарларының орынланыўы бойынша 2023 жылда әмелге асырылған жумысларының нәтийжелилиги ҳәмде 2024 жылға үстин ўазыйпалар ҳаққында;
– Кегейли районын 2024 жылда жумыссызлықтан аўлақ аймаққа айландырыў бағдарламасы ҳаққында;
– Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Кеңесиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Кеңесиниң 2023 жыл 13-декабрьдеги “Республикамызда жерлерден ақылана ҳәм нәтийжели пайдаланыў аўҳалын үйрениў, бул бағдарда жергиликли Кеңеслер тәрепинен қадағалаў нәтийжелилигин жәнеде асырыў ҳаққында”ғы №3787-IV/КҚ-642-IV–санлы қоспа қарары ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети