ДЕПУТАТ ТӘРЕПИНЕН ҚАРАРДЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ ҮЙРЕНИП ШЫҒЫЛДЫ

21.12.2023 12:27:52 67 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы Қарары тийкарында Кегейли районында жәми 920 шаңарақтың үй жайының төбесин шиферлаў, 4 шаңараққа жаңадан үй курып бериў белгиленген.
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Секретариат баслығы, районлық кеңес депутаты У.Утегенов тәрепинен “Абат мәкан” МПЖ аймағында қарардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы үйренип шығылды.
Үйрениў барысында қарарға бола аймақтағы турмыс шараятын жақсылаўға мүтәж жәми 11 шаңарақтың имаратларының төбеси шиферланып берилген, буннан пуқаралар миннетдар екенлигин билдирип өтти.

21.12.2023 12:27:52 68