Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары ҳамде Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Кегейли районлық Кеңеси тәрепинен район аймағындағы “Жылўан жап” мәкан пуқаралар жыйынында «Үйме-үй» жойбары өткерилди.
Жойбарда, Өзбекстан ХДП Кегейли районлық Кеңеси, Халық депутатлары районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық партия топары ағзалары қатнасты.
Жойбар шеңберинде, райондағы “Жылўан жап” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы бағыўшысынан айырылған С.Даулетмуратова ҳәмде А.Сметовалардың шаңарағында болып, оларға азық-аўқат өнимлери тапсырылды.