Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты А.Кушетова тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 13-июльдеги ПҚ-228-санлы қарары тийкарында райондағы «Гүжим терек» мәкан пукаралар жыйыны аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилип шығылды.
Қарарда аймақтың инфраструктурасын жетилистириў, пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллени социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳамде аймақтағы машқалалардың нәтийжели ҳәм тез шешилиўин тәмийинлеў мақсетинде 500 млн сўм муғдарында қаржы ажыратылған.
Үйрениў жуўмағында депутат тәрепинен орынланбай атырған жойбарлар бойынша мағлыўматлар таярланып тийисли орынларға мәлимлеме жибериўге келисилип алынды.
ДЕПУТАТ ТӘРЕПИНЕН ҚАРАРДЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ ҮЙРЕНИП ШЫҒЫЛДЫ
21.12.2023 12:21:10
174